Рәўиятлар

Имам Аъзамның тақўасы

Мазҳаббасшымыз тақўа бойынша бәрше мусылманларға өрнек бола алатуғын өмир кеширип, саўда менен шуғулланған. Ол кисиниң ҳалал саўда қылғаны тарийхқа дәстан болып қалған. Бул ҳаққында заманласлары дослары да, душпанлары да жазып қалдырған.

Имамы Аъзам саўдагер шериги менен басқа елге мал жиберипти. Мал еки түрли сыпат болып, бири сыпатлы, екиншиси сыпатсыз екен. Имамымыз шериклерине малды еки түрли баҳада, сыпатлысын қымбат, сыпатсызын арзан баҳада сатасаң, деп тапсырыпты. Бирақ мал жеткерилген елде сол нәрсе аз болғанлығынан, малының ҳәммеси, яғный сыпатлысы да, сыпатсызы да қымбат баҳада сатылып кетипди. Ол киси 30 мың гүмис теңгелик саўда қылып, Куфаға қайтыпды. Сонда Имамы Аъзам шериклеринен: «еки түр малды еки баҳада сатдынба?» деп сорапты. Ол киси яқ, адамлар сол қымбат баҳада разы болып сатып алаберди, деп жуўап берипти. Сонда имамның ҳүжданы қыйналып, сол 30 мың теңге Аллаҳ жолында садақа болсын, депти. «Бирақ мен бул садақадан саўап үмит етиўге Аллаҳтан уяламан, адамларды алдап саўда қылыпсыз, соның ушын енди арамыздағы шерикшилик тамам болды», деп 15 жыллық шериклеринен бас кешкен екен.

Биреўдиң ҳаққынан қорқыў, яғный Аллаҳтан қорқыў Имам Аъзам раҳматуллаҳ алайҳда усы дәрежеде күшли екен.

Рафатдин Өмирзақов Тахиятас районы «Сары ийшан» Мешити имам-хатиби