Рәўиятлар

Ҳадаллық — жәннет мийўеси

Әййемги заманда Абдуссалам деген бир ҳадал инсан жасаған екен. Оныӊ жалғыз ғана перзенти болып, ол баласын жүдә жақсы кѳрип, жер-кѳкке исенбес еди.

Күнлер, жыллар ѳтип бала үлкен палўан жигит болды. Бир күни ол әкесине ойласып:

- Аға! Енди қандай кәсип ислейин?

Әкеси: - Ҳәй, балам. «Мойны байланған ийт аўға жарамас», деген гәп бар. Енди сен ѳнер ямаса кәсипти ѳзиӊ таӊла ҳәм соған меҳир қой.

Сонда баласы: - Еӊ жақсы кәсип - урлық болса керек, - депти.

Әкеси сонда: - Мәйли балам, урлық болса урлықта. Қоӊсымыздыӊ қойын урлап кѳр. Баласы қоӊсысыныӊ үйиндеги бир үлкен қошқарын урлап алып келипти.

Әкеси қуўанып: - Балам, зор ис қылдыӊ. Енди екеўимиз бир ҳәпте уйден шықпай, сол қойды ҳәз етип жеймиз, депти. Қулласы, бир ҳәпте даўамында ҳәз етип жасапты. Қойды жеп болған соӊ, ѳзлериниӊ салмағын ѳлшепти.

Баласы бир ҳәптеде үш килоға азыпты. Әкеси болса тѳрт килоға семирипти. Баласы ҳайран болып әкесине нәзер таслапты.

Әкеси күлип былай депти: - Ҳәй надан бала! Билип қой, сен урлаған қойдыӊ пулын сен урлаўыңнан бир күн алдын мен қоӊсыға берип қойғанман. Соныӊ ушын мен қәтержам семирдим. Кѳрдиӊ бе, сен ѳзиӊе ҳадал кәсип таӊла. Сонда ол дүньяӊ ҳәм, бул дүньяӊ ҳәм абад болады…

Ҳадаллық – жәннет мийўеси, ҳарамлық болса дозақ оты.

Интернет материалларынан “Ийшан қала” мешити имам-хатиби Ғайрат Нажимов таярлады.