Рәўиятлар

АЛЛАҲ ТААЛАНЫҢ САЎҒАСЫ

Юнус пүткил оқыў жылы даўамында жаңа телефон алыў ушын пул жыйнады. Ҳәр сапары атасы мектепте түслик қылыўға пул бергенде ол аш болса да, берген пулларына тиймей үйине қайтарып алып келип пул жыйнап қоятуғын ыдысына таслап қояр еди.

Пулым жетти деген қарарға келген соң бир класслас досты менен күнниң екинши ярымында телефон сатып алыўға күнниң екинши ярымында телефон сатып алыўға бирге барыўға келисип алды. Үйигне келип кийимлерин алмастырып шықты. Қараса, көшеде және бир класслас досты Сайыт муңайып турған екен. Олар қоңсы болып жасайды. Сайыттан муңайыўының себебин сорады.

– Қарындасым аўырып қалды. Аннам мени дәри алып келиўим ушын дәриханаға жиберди. Бирақ пулым жетпей қалды. Усыны анама қалай айтыўды билмей қысынып турман. Анам жүда қыйналады, себеби үйде басқа пулымыз жоқ. Мен де қысынып атырман. Жүр бираз ойнайық, үйге кешлеў бараман, оған шекем қарындасым да бираз жақсы болып қалар, бәлким, – деди Сайыт.

Юнус қаншелли ҳәрекет етпесин ойнаған ойыны ҳеш келиспеди. Онеың ойына Сайыттың айтқан гәплери беккем орнығып қалған еди. Көз алдына дәриниң тезирек келиўин күтип жатқан Мәриям геўделенип келеди. Ол, ҳәтте, телефон алыў ушын үйден шыққанын да умытқан еди, тосаттан, қалтасында пулдының барлығы есине түсип кетти.

– Маған дәрилердиң дизимин берип тур, – деди Сайытқа.

Сайыт неге деб сорап-та отырмастан қағазды берди. Юнус қағазды алып дәриханаға жуўырып кетти. Дизимдеги дәроилерди алды, дәриханадан шығып дүканға кирди ҳәм тазадан куелтирилген мийўелерди сатып алды. Кейин оны күтип турған Сайыттың алдына кеўилли болып қайтып келди.

– Жүр үйиңизге барайық, мен Мәриямға керекли дәрилерди алдым, – деди қуўанышы қойнына сыймай турған Юнус.

– Сен телефон алыў ушын жыйнаған пулыңды сарыпладың ба? Нега бундай қылдың, ақыры қаншща ўақыттан бери әрман етип келдиң-ғо! – ҳайран болды Сайыт.

– Телефонды кейинирек алсақ-та болады, Мәриямның саўалып кетиўи зәрүр,–жуўап берди Юнус ҳәм балалар Сайыттың үй үйине кетти.

Юнус кешқурын үйине қайтқанында оны әжайып саўға күтип турғанын билмейтуғын еди. Ол мектепте айрықша баҳаларға огқығанлығы ушын ата-анасы оған таза телефон сатып алған еди. Бала жүдә қуўанышқа бөленди ҳәм көзлерине жас келип:

– Алҳамдуллиллоҳ! Алҳамдулиллоҳ! Бул Аллоҳ тааланың саўғасы, – деди ҳәм болып өткен ўақыяны ата-анасына айтып берди.