Рәўиятлар

Cуў ағар

Дем алыс күнлери басланды. Күнлер сәл жылыйын деген. Кеш турдым. Далаға шықсам үйдиң басынан ағатуғын суўлар ѳтетуғын суў ағар қыйсайып қалған. Жақында жаўған қардың аўырлығынан қыйсайған шығар…

Шетте турған зәңгини алып, үйге тиреймен дегенше ақ, динкем қурып кетти. Ызғар тартып, аўырласып кетипти.

Зәңгиге аяғымды қойыўым менен үйден анам шығып: «Не қылажақсаң?», деп маған қарады.

- Ҳәзир, тамның басына шығып түсемен, дедим.

- Шайыңды ишип ал, кейин шығарсаң.

- Ҳәзир түсемен, дедим де шығып кеттим.

Тамның үстине шығыўым менен пәстен анам: «Абайла, тамның шетинен жүрме», деген гәплери еситилди.

Қаңалтырдан қағылған тамның үстинен әсте жүрип суў ағардың қыйсайған жерине бардым. Әри-бери урынсам да, бәрибир қаңалтыр дүзиўленейин демейди.

Сол ўақытта қапылып, жаўын да себелей баслады. Әсте жаўып баслаған жаўын, кейин қатты қуйып кетти.

Пәстен және анамның даўысы еситилди:

- Балам, берман кел.

Зәңгиниң алдына әсте келип: «Не еди?», дедим.

- Мына кийимди кийип ал, деди маған қарап.

Қарасам, анам бир қолы менен зәңгини услап, екинши қолы менен бир кийимди услап тур екен. Басында жуқа орамал, үстинде ызғар болып кеткен жеңсиз…

Ашыўым келип: «Ҳәзир түсемен, дедим ғо. Мен жас бала емеспен ғо?!, дедим.

- Аязлап қаласаң.

- Сиз үйге кире бериң, ҳәзир түсемен, дедим де, және суў ағардың қасына бардым. Ашыўланып суў ағарды қатты-қатты тарта басладым.

Бир мәҳәл пәстен және даўыс еситилди:

- Аға, аға.

- Неўе, дедим және ашыўланып.

- Пәтпелегим жыртылып қалды!

Қарасам, жети жасар балам атыздың ортасында турыпты. Жерде жыртылып қамыслары қабырғадай түртип шыққан пәтпелек ылайға былғанып жатыр. Ѳзи жеңил кѳйлек пенен жүрипти. Басында ҳеш нәрсе жоқ. Жаўынның астында дирилдеп тур.

- Үйге кир, аўырып қаласаң, дедим.

- Пәтпелегим, деп турып алды.

Айтқанды қылмағаннан кейин, ислеп атырған жумысымды таслап баламды үйге киргизейин деген ойда зәңги тәрепке қарай ембеклей басладым ҳәм зәңгиге келип пәске түспекши болып қарасам, анам еле зәңгиниң қасында тур екен, орамалы суў болып шашларына жабысып қалған… Бир қолы менен зәңгини услап тур, екинши қолында кийим…