Рәўиятлар

Ҳаялдың өз күйеўине тәсири

Ҳасан Басрый раҳматуллаҳи алайҳ рәўият еткен:

Мәккәға барғанымда бир кийим сатыўшының алдынан өттим, оннан кийим сатып алажақ едим, қарасам ол тынбай сатып атырған кийимлерин мақтап ант ишип атыр екен. Оннан бир аз узақластым, бундайлардан алмаған абзал деп, кийимди басқа адамнан сатып алдым. Арадан еки жыл өтип және ҳажға бардым ҳәм және сол кисиниң дүканы алдынан өттим. Оны көрип ҳайран қалдым, бул сапар ол сатып атырған кийимлерин мақтап атырған жоқ екен. Оның қасына барып, еки жыл алдын затларын аўзы тынбай мақтап туратуғын саўдагер сен емессең бе, деп сорадым.

- Аўа, деп жуўап берди ол.

- Онда бул өзгеристиң себеби не?, Затларыңды мақтамайсаң ба?, Ант ишип туратуғын едиң ғой, дедим.

Сонда саўдагер былай деди:

Ол жыллары алдыңғы ҳаялым менен жасайтуғын едим. Қашан үйге келсем «датлап», көп таўып келсем де «бул аз» дейтуғын еди. Ҳаялым бахытсыз бир себеп пенен дүньядан өтип кетти. Жақында басқа бир ҳаялға үйлендим. Бул ҳаялым, мен ҳәр күни базарға саўдаға шығажақ болып таярланып атырғанымда, маған: «Ағасы, Аллаҳтан қорқың, бизлерге пәкизе-ҳадалдан ырысқы териң. Аз болса да көп орнында көремиз, ҳеш нәрсе табалмасаңыз да, ҳарам нәрсе әкелмең, жумысларыңыз дым жүриспей қалса қолымнан тоқыў келеди, анаў-мынаў тоқып сизге жәрдем беремен, дейди.

Жуўмақ өзиңизден…

Әл-Мужәәләсә ўә жәўәәҳирул-илм китабына

@paziyletuz