Рәўиятлар

Ҳадаллық – жәннет мийўеси, ҳарамлық – дозақтың жолы

Ески дәўирлерде Абдусалам деген бир ҳадал инсан жасаған екен. Оның жалғыз бир перзенти болып, ол баласын жүдә жақсы кѳрер, оны ҳеш кимге исенбес екен.

Арадан күнлер, жыллар ѳтип баласы ер жетти. Бир күни ол әкесине:

– Аға! Енди не кәсип пенен шуғыллансам болады?

– Балам. «Мойнынан байланған ийт аңға жарамайды», деген гәп бар. Енди сен бир ѳнер ямаса кәсипти таңла ҳәм соған ѳзиң меҳир қой.

– Менимше ең жақсы кәсип урлық шығар. Мийнет етилместен аңсат ғана табылады.

– Яқшы балам, урлық болса урлық та. Онда бүгин кеште қоңсымыздың қорасындағы қошқарын урлап қайтасаң.

Кеште баласы қоңсысының қорасынан қошқарды крлап келди. Әкеси қуўанып:

– Балам зор ис қылдың. Енди екеўимиз бир ҳәпте үйден шықпай, усы қойды ҳәз етип жеп жатамыз, деди.

Әке-бала бир ҳәпте даўамында сол қошқарды жеп жатты. Қойды жеп болып, екеўи де тәрезиде ѳлшенди. Баласы бир ҳәптеде үш кило азыпты. Әкеси үш кило семирипти. Буған баласы ҳайран қалды. Ҳайран қалған баласына әкеси күлип: «Ҳәй балам а! Билип қой, сен урлаған қойдың пулын мен сол күни берип қойған едим. Соның ушын мен бул қойдың гѳшин арқайын, қәтержам, жедим. Сен ѳзиңе ҳадал кәсип таңла. Сонда сениң ол дүньяң да, бул дүньяң да абат болады. Ҳадаллық – жәннет мийўеси, ҳарамлық – дозаққа жол.