Рәўиятлар

ЯРЫМ АЛМА ҲАҚЫ

Сәбит деген салыҳ жигит таҳарат алып атырған ўақтында салмадан бир қызыл алма ағып келеди. Алманы алып, ярымын жейди ҳәм сол ўақытта ойынан: «Ийесин разылығын алмастан неге жедим?» - деген әдалатлы пикир өтеди. Сол нийетте алма ағып шыққан бағқа киреди ҳәм бағбанға болып өткен ўақыяны айтады.

– Алмамызды рухсатсыз жегениңниң жазасы сол, -дейди бағбан оның диянатлы адам екенин билип, -тили, көзи, аяқ-қолы жоқ бир қызымыз бар-соны некеңизге аласыз.

Сәбит илажсыз разы болады. Тойдан кейин шымылдыққа кирип көрсе, келин болмыштың шырайда теңи жоқ! Қашып ҳәўлиге шығады.

–Бул маған ўәде қылынған қыз емес –ғой?

–Неге енди?–түсиндире баслады қыздың әкеси. ¬–Бул–мен саған айтқан қыз. Тили жоқ дегеним –жаман сөзди айтпайды, көзи жоқлығы – жаман затларға қарамаған, аяқ-қолы жоқлығы – жаман иске жүрмеген.

Бул бахытлы некеден ул перзен тдүняға келеди. Атын Нуъман қояды. Ол алтыжасқа жеткенде үлкен жастағы адамлар шеше алмайтуғын мәселени шешип «Имами Аъзам» яғный «үлкен имам» мәртебесине ериседи. Сонда анасы айтады:

– Мениң улым тийкарында үш жасында Имам Аъзам болатуғын еди, лекин сорамай желинген сол жарты алма ҳақы себепли ол алты жасқа созылды.