Рәўиятлар

Үңгир ҳәм алтынлар...

Бир патша түн ярымында өз адамлары менен бир үңгирдиң қасынан өтип баратырып: «Аяқларыңыздың астындағы таслардан дорбаларыңызға толтырып алып кетиң», деп буйырды.

Адамлардың бир топары: «Көп жүрдик, жүдә шаршадық, енди түни менен аяғымыздың астындағы тасларды терип жүремиз бе?» – деп ҳеш нәрсе алмады.

Екинши топар: «Патшамыз айтты, азмас ала қояйық, буйрыққа қарсы шықпайық. Патшаға бойсыныў керек», – деп азмас алды.

Үшинши топар: «Патшамыз қурыға айтпаған, бунда бир ҳикмет бар», – деп дорбаларын толтырып-толтырып алды. Түн тамамланып, таң ата баслағанда, олар түнде өткен жер алтын кәни екени, аяқлары астындағы, патша алың, деп буйырған таслар – алтын екени, мәлим болды.

Патшаның алың, деп буйырғаны алтын екени ҳәммеге мәлим болғанда биринши топардағылар: «Алсақ болады ғой, неге алмадық!? Неге патшаның айтқанын ислемедик, қәне еди алғанымызда... Биреўин болса да алғанымызда еди», – деп пушайман болады.

Азғантай алған екинши топардағылар: «Көбирек алғанымызда еди. Дорбаларымызды толтырғанымызда еди...» – деп қалады.

Көп алғанлар: «Қәне еди, дорбамыздағы керексиз нәрселерди таслап, олардың да орнына алғанымызда еди. Буннан да көбирек алғанымызда еди...» – деп көп алғанларына да қарамай өкинип қалады.

Рәўиятта айтылған патша – Аллаҳ таала! Адамлар - адамлардың өзи, алтын толы үңгир – бул дүнья, қараңғылық – өмиримиз, алтынлар – ийгиликли, саўаплы ислеримиз! Таң ата баслаўы – Қыямет күни.

Аллаҳ таала ҳәммемизге намаз оқың, жақсылық ислең, деп буйырды. Адамлардың бир бѳлеги, намаздың не кереги бар, саўаптың не кереги бар, деп биринши топарға уқсап ѳзимбилеменлик етип гүна ислеринде даўам етпекте. Адамлардың және бир топары ықласы күшли болмаса да мусылманшылықтың ишинде жасайды, бирақ Аллаҳтың айтқанын қылыўда екинши топарға уқсап ебиндей ғана ислеп қояды. Адамлардың және бир бѳлеги бар олар Аллаҳтың буйрығына толық әмел етип, саўап ҳәм ийги ислерде даўамлы болады, үшинши топарға уқсап.

Бир күни үңгирдиң қасынан ѳтип кетемиз, таң да атады, яғный қыямет қайым болады, сол ўақытта бул дүньяда ислеген әмеллеримиз қаншелли әҳмийетли екенин түсинемиз. Бирақ ол ўақытта ѳкингенимиз бенен ҳеш пайдасы болмайды. Аллаҳ буйырды ма, демек оның ҳикмет ҳәм пайдасы бар.