Рәўиятлар

Теңиздеги боран ҳикмети

Кемеде едик. Теңизде күшли боран болып, толқынлар кемемизди бир атаўға апарып таслады. Тири қалғанымызға шүкир етип, кемеден түстик. Атаўды айланып шықсақ, ол жерде бутқа сыйынатуғын бир адам бар екен. Оның менен сѳйлестик, оған:

- Кимге ибадат етип атырсаң?, десек, ол бутқа ишара етти. Биз:

- Кемемизде усындай бутларды қолдан соғып беретуғын уста бар. Бул сыйынылатуғын қудай емес, - дедик.

- Онда сизлер кимге сыйынасызлар? - деди.

- Аллаҳға ибадат етемиз! - дедик.

- Аллаҳ ким? - деди.

- Тири жүриў де, ѳлиў де Оның қолында болған қудай, - дедик.

- Оның бар екенин қаяқтан билесизлер? - деди.

- Ол Жаратыўшы бизлерге пайғамбар жиберди. Пайғамбар бизлерге Оны танытты.

- Ол Пайғамбар не ислер қылды?

- Бизлерге Аллаҳтан елши болып келди. Соң туўры жасаў жолларын үйретти.

- Ол сизлерге қандай белгилер қалдырды?

- Ол уллы патша – Аллаҳтың китабын қалдырды!

- Маған оны кѳрсетиң!

Мусҳафты оған бердик.

- Мен буны оқыўды билмеймен ғой?! - деди.

Оған Қураннан бир сүре оқып бердик. Сүрени оқып боламан дегенше ол сүреден тәсирленип жылап отырды.

- Бул гәплердиң ийесине бойсыныў керек, - деди сол жерде мусылманшылықты қабыл етти. Биз оған ислам шәриятын, Қуран сүрелерин үйреттик. Оны кемеде ѳзимиз бенен алып кеттик.

Журтымызға алып келгенде досларыма:

- Бул жерде ол мүсәпир, оған азмас жәрдем бериў керек - дедим. Ҳәммемиз оған жәрдем есабында пул жыйнадық. Оған пулды бермекши болғанымызда ол:

- Бул не? - деди.

- Саған керек болып қалар! - дедик. Ол:

- Мен атаўда бир ѳзим жасап, Аллаҳға сыйынбай, бутларға сыйынып жүргенимде де Аллаҳ мени таслап қоймай, ырысқымды берип турды. Енди Оны танып, мусылман болғанымнан кейин ол мени таслап қояды, - деп ойлайсыз ба?!, деди.