Рәўиятлар

Әтираптағылардың тәсири (Ширик алма)

Луқманы Ҳәкиймниң баласы тәрбиясы жаман балалар менен досласты. Бундай балалар менен байланысы ҳәр қандай әкеге жақпағаны киби Луқманы Ҳәкиймге де жақпады.

Бир күни ол баласын шақырып: «Балам, достың бар болғаны жақсы, бирақ олардың ким екенине итибар бер. Саған жаман тәсир етиўи мүмкин», деп нәсият айтты.

Баласы ѳзиндеги исеним менен: «Аға, сиз маған жақсы тәрбия бергенсиз, айтқан ҳәр бир сѳзиңиз есимде турады, сиз ҳеш қәўетерленбең, олардың жаман минези маған улыўма тәсир етпейди», деди.

Бир күни Луқман баласы менен алма териўге барды. Қараса баласы ширик алмаларды бѳлек қалтағы, ширик түспеген алманы бѳлек қалтаға салып атыр екен. Луқман баласына: «Екеўин қосып бир қалтаға сала бер», деди.

Арадан бир неше күнлер ѳтип қараса, пүтин алмалар да ширий баслапты. Баласы әкесине: «Аға, сиз ширик алмалар менен пүтин алмаларды бир қалтаға сал, деп едиңиз. Қараң пүтин алмаларға да ширик алмалардың тәсири урыпты», деди.

Әкеси күле шырай менен: «Кѳрдиң бе балам?! Қалтада пүтин алмалар ширик алмалардан кѳп еди, бирақ бәрибир олар да ширий баслапты. Енди сен қалайынша қәлби шириген досларың менен кѳп ўақтыңды бирге ѳткерип, олардың арасынан қәлбиң таза болып шығасаң?!», деп айтқан екен.