Рәўиятлар

Динсиз бенен болған сәўбет

Жақын күнлерге шекем инсанды тәбият жаратқан, оған ақылды тәбият инам еткен, деген ахмақларша ақыйда ақылларды бәнт еткенин көрдик. Бул ақыйданы инкар еткенлер қалақ ҳәм мәдениятсыз есапланып, күлкиге қалған. Диндарларға Америкадағы ҳиндуларды қорлағандай мүнәсибетте болған. Тәбият дегенниң өзи не? Тәбият арабша сөз болып, «мөр басылған, яғный өзгермейтуғын етип жаралған» мәнисин аңлатады. Сондай десек, усы тәбиятқа «мөр басқан» ким?

Тәбият тосаттан пайда болған, ол итималлар нызамы, деген тәлимат та бар. Буның пуш даўагерлик ҳәм өтирик екенин дәлиллеў ушын бир мысал келтиремиз. Еки адам саҳрада адасып, үлкен сарай алдынан шығып қалды. Сарайда еки нағыслы дийўал, қымбыт баҳалы гилем ҳәм үлкен саат бар еди. Биринши адам: «Бул сарайды адам қурған, ишиндеги безеклерди де адам безеген», – деди. Екиншиси: «Сен қалақ ҳәм надан екенсең, буның ҳәммеси тәбияттың иси, буларды тәбият жаратқан», – деп шеригине қарсы пикир билдирип, оны наданлық ҳәм мәдениятсызлықта айыплады. Бириншиси: «Тәбият қалай жаратады буларды?» – деп сорады. Екиншиси: «Бул жерде үлкен тас болған, сел, самал ҳәм басқа тәбият қубылыслары себепли таслар бир-бирине жабысып, тосаттан дийўал көринисине кирген», – деп жуўап берди. Бириншиси: «Гилемлер-ше, оларды да тәбият жаратқан ба?» – деп сорады. Екиншиси: «Қой ҳәм қуслардың жүнлери ҳаўада ушып, бир-бирине бириккен ҳәм оларға реңли минераллар қосылыўы нәтийжесинде гилемге айланған», – деди. Бириншиси: «Онда саат-ше, ол қалай пайда болған?» – деп сорады. Екиншиси: «Темир ҳаўадағы факторлар себепли жемирилген, тат басқан ҳәм онда шеңбер көринисиндеги тесиклер пайда болған, әсирлер даўамында усы көриниске келген», – десе, екинши адамның сөзин тастыйықлайтуғын кимсени ақылсыз ҳәм мәжнүн деўден басқа шарамыз қалмайды. Тек микроскоп жәрдеминде көринетуғын клеткалар да тосаттан пайда болған ба? Инсандағы нәпес алыў ҳәм шығарыў системасын алып көрейик, бул процессте бир неше химиялық әмеллер орынланады, буларды да тәбият жаратқан ба? Көзимиз-ше, өзи киши ағза болса да, белгили бир шексизликти көре алады, бул да тосаттан жаралған ба?! Яқ, булардың ҳәммесиниң жаратыўшысы тек ғана Аллаҳ таала. Булардың ҳәммеси жалғыз жаратыўшының бар екенин билдиреди.